«ШЫЛПЫҚ» ЕСТЕЛИГИ
Республикамыз аймағында әййемги дәўирлерге тийисли тарийхый, мәдений естеликлер, қалалар оғада көп. Усы естеликлердиң бири Әмиўдәрьяның оң жағалаўында, республикамыздың пайтахты Нөкис қаласынан елиў километрге шамалас аралықта жайласқан муқаддес орын - Шылпық естелиги. Бул мәдений мийрас Авесто дәўиринен, буннан 2700 жыл бурын жасап өткен динге сыйыныўшылардың орны болғанлығы айтылады. Шылпық...
БАДАЙ ТОҒАЙ МӘМЛЕКЕТЛИК ҚОРЫҚХАНАСЫ
Бадай тоғай мәмлекетлик қорықханасы - Әмиўдәрьяның төменги ағымында, Султан Ўәйис Баба таўлары етеклеринде, дәрьяның оң қырғағында жайласқан қорықхана.1971-жылы шөлкемлестирилген. Майданы 6462 гектар, соннан 3975 гектары тоғай орманлары менен қапланған [1997-жыл]. Тийкарғы ўазыйпасы дәрья әтирапының өсимлик фондын қорғаў, тоғайлықларды илимий үйрениў. Бадай тоғай Мәмлекетлик қорықханасында [БМҚ]...



